Егер бир-бириңизди сүйсеңлер ҳәмме усы арқалы сизлердиң Мениң шәкиртлерим екениңизди билип алады. - Юхан 13:35
Бизлер бир-биримизди сүйиўимиз кереклигин билемиз, бирақ көбинесе бул қыйын болып шығады. Бузылған қарым-қатнаслар тек ғана жәмәәттиң өмирин бузып қоймастан, ал басқа адамлардың Ийсаға келиўине тосқынлық етеди.
Бул алты сабақ шаңарағыңызда ҳәм жәмәәтиңизде бир-бириңизди еле де жақсы көриўиңизге жәрдем береди. Булар төмендеги темалардан ибарат:
- Жақсы Шопанның изинен жүриў — бул басқаларды сүйе алыўыңыздың тийкары болып табылады.
- Жақсы тыңлап билиў — сүйиспеншилигиңиздиң ең үлкен дәлили саналады.
- Эмоцияларды түсиниў ҳәм бөлисиў — солай етип, олар бизлерди басқармайды.
- Гүнаны дурыс әшкаралаў — солай етип, мухаддеслик жолында бир-бириңизге жәрдем бересиз.
- Келиспеўшиликлерди шешиў — солай етип, сиз жәмәәтиңизде ямаса шаңарағыңызда келиспеўшиликтиң ҳәўиж алыўына жол қоймайсыз.
- Қайғыны түсиниў — солай етип, сиз жақсы қайғыра аласыз ҳәм басқалардың қайғысын бөлисип, жәрдем бересиз.
Бул сабақлардағы пикирлерди әмелде қолланған сайын қайта-қайта үйрениўди қәлейсиз. Сонда ҳәмме сизлердиң ҳақыйқаттан да Ийсаның шәкиртлери екениңизди билип алды!
Part of collection
Альфа ҳәм Омега
Languages
Categories