
Усы 14 сабақтан ибарат болған сабақлық сизди әжайып Нызамның Қайталаныўы китабынан өткизип шығады. Нызамның Қайталаныўы китабы Ески ҳәм Жаңа Келисимдеги қалған китапларды түсиниў ушын тийкарғы китап болып есапланады. Усы китап тек ғана Ески Келисимдеги Израил халқына емес, ал бүгинги күнде бизлер ушын да жазылған. Бул сабақлық Орта Азиядағы исениўшилердиң кишкене топарларының биргеликте үйрениўи ушын ислеп шығарылған. Ҳәр бир сабақта көплеген сораўлар бар, ал олардың жуўаплары ҳәр сабақтың ақырында жайласқан. Бизлердиң жайып Қудайымыз ким екени ҳәм Ол бизлер ушын не ислегени ҳаққындағы түсинигимизди Қудайдың Өзи усы сабақлық даўамында кеңейтсин!
Языки
Категории